баннер
26 Apr 2025
19:28

    Өзгидромет жақын күнлерде сел келиў қәўпи ҳаққында ескертти

    Күтилип атырған жаўын-шашынлар себепли 8−9-апрель күнлери республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

    Бул ҳаққында "Өзгидромет" хабар бермекте.

    Соның ишинде, төмендеги аймақларда сел-суў тасқын ҳәдийселери жүзеге келиўи мүмкин:

    • Қашқадәрья ўәлаяты: Яккабоғ, Деҳқонобод, Чироқчи, Китоб, Шаҳрисабз, Қамаши, Ғузор районларында;
    • Сурхандәрья ўәлаяты: Сариосиё, Узун, Олтинсой, Денов, Байсун, Шерабад, Шўрчи, Қумқорган, Музробот районларында;
    • Самарқанд ўәлаяты: Ургут, Самарқанд, Булунғур, Нурабад, Қўшработ, Каттақорған, Паяриқ, Жамбай, Иштихан районларында;
    • Жиззах ўәлаяты: Замин, Бахмал, Ғаллаорол, Шараф Рашидов, Фориш, Янгиабад районларында;
    • Ташкент ўәлаяты: Оҳангарон, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Шыршық, Жоқары Шыршық районларында ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;
    • Наманган ўәлаяты: Поп, Косонсой, Чортоқ, Чуст, Наманган, Янгиқорган районларында;
    • Ферғана ўәлаяты: Ферғана, Бешарық районлары ҳәм Сўх, Шоҳимардон аймақларында;
    • Әндижан ўәлаяты: Әндижан, Асака, Жалақудуқ, Қўрғонтепа, Пахтаабад, Избоскан, Хожаабад, Марҳамат районларында ҳәм Ханабад қаласында сел-суў ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.

    Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы пуқаралар, дем алыўшылар ҳәм таўлы аймақларда ҳәрекетлениўши айдаўшылардан абайлылық илажларын көриўи соралды.

    "Республика аймағы бойынша жаўын суўлары топланыўы итималы бар, бул болса аймақларды суў басыўына алып келиўи мүмкин", - делинеди хабарда.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech