22 Apr 2025
07:47

    Азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў басланады

    2025-жыл 1-июльге шекем Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң лабораторияларын азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў илажлары көриледи.

    Президенттиң "Өзбекстан-2030 стратегиясын Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.

    Азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин қадағалаў системасын күшейтиў ҳәм бул бағдарда санитариялық қағыйдаларды ислеп шығып, нормаларды жоқары стандартларға муўапықластырыў мақсетинде:

    2025-жыл 1-июльге шекем Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң лабораторияларын азық-аўқат өнимлери қурамындағы трансмайларды анықлаў ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў илажлары көриледи;

    2025-жыл 1-августқа шекем азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда трансмайлардан пайдаланыўдың шекленген муғдарларын белгилеў бойынша санитариялық қағыйдалар менен нормалар Жәҳән саўда шөлкеминиң талапларына муўапықластырылыўы тәмийинленеди.

    Бул бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.Худоёров белгиленеди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech