Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Республикада азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм азық-аўқат санаатын буннан былай да раўажландырыў ҳаққында"ғы қарары жойбарында келтирип өтилген.
Жойбар басламашысы Саўда-санаат палатасы болып, ҳүжжет Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталына жайластырылған.
Жойбарға бола, жаңа ассоциация “Ўзёғмойсаноат” негизинде, оның ҳуқықый мийрасхоры сыпатында шөлкемлестириледи. Ассоциацияның қурамы оған ықтыярлы ағза болған май, ун-жарма, нан-макарон, гөш-сүт ҳәм консерва санааты, кондитер өнимлери, салқынлатыўшы ҳәм алкоголсыз ишимликлер және басқа да азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўшы ҳәм жәрдемши-жеткерип бериўши кәрханалардан ибарат.
Жойбарда бажыхана бажысынан жеңилликлерди 2027-жыл 1-январьға шекем "Азық-аўқат санааты"на ағза кәрханаларға енгизиў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, ассоциацияға талап ҳәм баҳа конюнктурасынан келип шыққан ҳалда айырым түрдеги май өнимлериниң экспортына ўақтынша мүддетли шеклеўлер енгизиў, кәрханалардың өндириске сәйкес үскене ҳәм инвентарлар менен тәмийинленгенлиги бойынша мәўсимлик технологиялық аудит өткерип барыў ўәкиллигиниң берилиўи де нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги тәрепинен сүт лабораторияларының жумысын жолға қойыў, лабораториялардың ўәкилликлерин белгилеў, май өнимлери ушын да мәжбүрий санлы маркировкалаў системасын енгизиў усыныс етилмекте.