"Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында"ғы нызам сенаторлар тәрепинен додаланды

    23 қаңтар 2025 643

    Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде "Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳаққында"ғы нызам додаланды.

    Усы Нызамның мақсети азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

    Нызам нормалары халықтың азық-аўқат баҳасына ийе болған азық-аўқат өнимлери менен қәўипсиз аўқатланыўын тәмийинлеўге, нәтийжели базар механизмлерин қәлиплестириўге және азық-аўқат өнимлери ҳәм шийки затын ислеп шығарыўға байланыслы қолланылады.

    Нызамда азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгиленген.

    Атап айтқанда, азық-аўқат өнимлерин тутыныўдың минимал нормаларына муўапық азық-аўқат өнимлери ҳәм шийки заттың айланыс резервин қәлиплестириў және халықты социаллық әҳмийетке ийе тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен жетерли муғдарда ҳәм үзликсиз тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиў солардың қатарына киреди.

    Буннан тысқары, мәмлекет азық-аўқат өнимлериниң нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген санитариялық, ветеринария, ветеринария-санитариялық, фитосанитариялық қағыйдалар менен нормаларға муўапық ислеп шығарылыўын хошаметлейди.

    Сыртқы экономикалық жумысты жеделлестириў, сондай-ақ, социаллық әҳмийетке ийе тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлериниң экспорты ҳәм импорты арасындағы оптимал тең салмақлылықты сақлаў да азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың бағдарларынан бири болып есапланады

    Аўыл хожалығы министрлиги азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында ўәкилликли мәмлекетлик уйым сыпатында белгиленбекте.

    Оған республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы жумысын муўапықластырыў, азық-аўқат өнимлери ҳәм шийки затын ислеп шығарыўға байланыслы жумысты қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар таярлаў, азық-аўқат қәўипсизлигине унамсыз тәсир етиўши факторларды үйрениў тийкарында азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў процесслерин жетилистириў ҳәм раўажландырыўға байланыслы қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли стратегияларды ислеп шығыў сыяқлы бир қатар ўәкилликлер берилмекте.

    Сондай-ақ, Нызамда азық-аўқат өнимлериниң жетиспеўшилигине жол қоймаў бойынша мәмлекет тәрепинен қандай илажлар көрилиўи, азық-аўқат балансын қәлиплестириў, тутыныўшылардың ҳәм хожалық жүргизиўши субектлердиң азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы ҳуқықлары менен миннетлемелери белгилеп қойылмақта.

    Бул Нызам елимизде азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы нормаларды бирден-бир ҳүжжетке бирлестириў ҳәм системаластырыў, бул тараўдағы қатнасықларды комплексли ҳуқықый тәртипке салыўға хызмет етеди.

    Додалаў жуўмағында Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенаты баспа сөз хызмети.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates