Атап өтилиўинше, бул қоймахана аймақлық бажыхана ўәкиллери жәрдеминде шөлкемлестирилген болып, заманагөй инфраструктура ҳәм қәўипсизлик системалары менен тәмийинленген. Қоймахана тек ғана жүклерди ўақытша сақлаў емес, ал оларға тийисли бажыхана операцияларын ҳәм мультимодал тасыўларды әмелге асырыў имканиятын да береди.
Соны атап өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитети менен биргеликте “Ўзтемирйўлконтейнер“ АЖ тәрепинен 2020-жылдан баслап Роустон, Марғилан, Қоқанд, Жиззақ, Улығбек, Термиз, Бухара логистика орайларында шөлкемлестирилген улыўма майданы 15 000 кв.м ашық түрдеги ҳәм 6 200 кв.м жабық түрдеги бажыхана қоймаханалары арқалы жүклерди жүклеў, түсириў, сақлаў ҳәм бажыхана тексериўинен өткериў сыяқлы хызметлер нәтийжели шөлкемлестирилип келинбекте.