Сөйлесиўлерде Өзбекстан ҳәм Пакистан банк системасы арасында бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, Өзбекстанда «Sindh Bank»тиң филиалын ашыў перспективалары бойынша пикир алысылды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

«Sindh Bank» атқарыўшы директорының орынбасары Асад Али Шоҳ Өзбекстан ҳәм Пакистан арасында жедел раўажланып атырған саўда-экономикалық бирге ислесиўди қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстанның коммерциялық банклери менен корреспондентлик банк қатнасықларын орнатыўдан мәпдар екенин билдирди.

Өзбекстан тәрепи «Sindh Bank» ҳәм мәмлекетимиздиң жетекши банклери арасында шериклик байланысларын орнатыўға жәрдемлесиўге таяр екенин билдирди.

Сондай-ақ, Пакистан ўәкиллери дәслеп банклераралық қатнасықларды басқарыў системасы - RMA (Relationship Management Application) арқалы бирге ислесиўди жолға қойыўды режелестирип атырғанын атап өтти. Келешекте банк операцияларын басқышпа-басқыш кеңейтиў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

Өз-ара пайдалы саўда операцияларын миллий валюталарда әмелге асырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Соңғы жыллары Өзбекстан компаниялары тәрепинен өзбек сумы ҳәм Пакистан рупиясынан пайдаланыўға қызығыўшылық артып атырғаны мәлим етилди.

Буннан тысқары, Өзбекстан банклериниң Европа, Қытай, Қубла Азия ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң банклери менен беккем байланыслары бар екенлиги атап өтилди. Бул, өз гезегинде, Пакистан компанияларына тек ғана Өзбекстан емес, ал пүткил Орайлық Азия регионы менен саўда операцияларын кеңейтиў ушын қосымша имканиятлар жаратыўы мүмкин.

Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў ушын зәрүр мағлыўматлар алмасыўға, сондай-ақ, Өзбекстанның тийисли банклери менен шериклик қатнасықларын жолға қойыў имканиятларын додалаў ушын гезектеги онлайн ушырасыў өткериўге келисип алды.