Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген Ислам цивилизациясы орайы ислам цивилизациясының бай илимий ҳәм руўхый мийрасын қәстерлеп сақлаў, ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм дүнья жәмийетшилигине таныстырыўға қаратылған ири тарийхый-ағартыўшылық комплекс болып есапланады.
Мийманлар "Исламға шекемги цивилизация", "Биринши Ренессанс дәўири", "Екинши Ренессанс дәўири" ҳәм "Жаңа Өзбекстан - Жаңа Ренессанс" экспозициялары менен танысты.
Парламент ағзаларына Имам Бухарий, Имам Термизий, Абу Мансур Мотуридий, Баҳауддин Нақшбанд сыяқлы уллы ойшыллардың дүнья илиминиң раўажланыўына қосқан үлеси ҳаққында айтып берилди. Сондай-ақ, саманийлер, қараханийлер, хорезмшаҳлар ҳәм темурийлер тарийхый дәўирлерине байланыслы сийрек ушырасатуғын қолжазбалар, буйымлар ҳәм дәреклер көрсетилди.











