Парламентлераралық ассамблея сессиясында Танзила Норбоева шығып сөйледи

    Өзбекстан парламенти делегациясы Санкт-Петербургта болып өткен ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясының 57-сессиясында қатнасты.

    Сессияда шығып сөйлеген Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Өзбекстан тәрепинен ислеп шығылған басламаларды илгери сүрди.

    Мәжилис даўамында парламент ағзалары сайлаў процесслерин халықаралық бақлаў институтының демократияны раўажландырыўдағы роли мәселесин көрип шықты. ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы демократиялық принциплерди илгери сүриў, парламентаризм ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, халықларымыз арасындағы аўызбиршиликти беккемлеўде әҳмийетли орын тутып атырғаны атап өтилди.

    Ассамблеяның бақлаў миссиялары усы ўақытқа шекем жүзден аслам сайлаў компанияларын мониторинг етиўде қатнасты. Олардың қурамында Өзбекстан парламенти ағзалары да белсенди қатнаспақта.

    Қатнасыўшылар Өзбекстан Республикасы Президенти басламасы менен өткерилген Сайлаў уйымлары басшыларының мәсләҳәт кеңеси жумысына айырықша итибар берди.

    Мәжилисте Өзбекстан парламент делегациясы ағзалары көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге көмеклесетуғын, нызам дөретиўшилиги басламаларын сәўлелендиретуғын ҳәм Өзбекстан мәплерине хызмет ететуғын модел нызамлар ҳәм усынысларды қоллап-қуўатлады.

    * * *

    Бул сессия шеңберинде Сенат Баслығы Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңеси Баслығы Валентина Матвиенко ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенаты Баслығы Маулен Ашимбаев пенен ушырасты.

    В.Матвиенко ҳәм М.Ашимбаев Т.Норбоеваны Сенат Баслығы лаўазымына сайланғаны менен қутлықлап, кейинги жумысында табыслар тиледи.

    Сәўбет даўамында Өзбекстан парламенти менен байланысларды жаңа мазмун менен байытыў, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, аймақлық ўәкиллик уйымлары арасында нәтийжели сәўбетти жолға қойыў бойынша зәрүр илажларды көриўге итибар қаратылды.

    ҒМДА мәмлекетлери Парламентлараралық Ассамблеясы күн тәртибиндеги әҳмийетли ўазыйпалар орынланыўы ҳәм парламентлераралық байланысларды раўажландырыў мәселелери додаланды.

    No date selected
    November 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates