Ташкент халықаралық аэропортында мийманларды Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы А.Ағзамхожаев күтип алды.
Сапар етиў шеңберинде Иордания делегациясы ағзалары "Жаңа Өзбекстан" паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойыў мәресиминде қатнасады.
Сондай-ақ, сапар даўамында Файсал Акиф ал-Файиз басшылығындағы делегацияның Олий Мажлис палаталары басшылары менен ушырасыўлары, еки мәмлекет арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланыўы режелестирилген.
Сондай-ақ, әййемги Самарқандтың тарийхый ҳәм архитектуралық естеликлерин зыярат етиў нәзерде тутылған.