Қарарға бола, 2025-жыл 1-сентябрьге шекем:
Гезектеги мәжбүрий аттестацияға тартылмаған, сондай-ақ, аттестациядан өтиў мүддети тамамланған ҳәм әмелдеги маманлық категориясы сақланып қалған төмендеги педагоглар мәжбүрий аттестацияға тартылмайды ҳәм оларға әмелдеги маманлық категориясы (лаўазымы) бойынша ҳақы төленеди:
жоқары маманлық категориясына (бас оқытыўшы лаўазымына) ийе болғаннан соң усы категорияны (лаўазымын) 15 жыл даўамында сақлап қалған ҳәм үзликсиз жумыс стажына ийе болған;
педагогикалық жумыс бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп жумыс стажына ийе болған;
жасқа байланыслы пенсияға шығыўы ушын 5 жылдан көп болмаған ўақыт қалған;
педагогикалық жумыс пенен шуғылланып атырған пенсия жасына толған педагоглар;
Төмендеги талаплардан бирине жуўап беретуғын педагогларға тиккелей маманлық категориясы (лаўазымы) бериледи:
педагогикалық жумыс бойынша 25 жыл ҳәм оннан көп жумыс стажына ийе болған педагогларға - олардың әмелдеги маманлық категориясы (лаўазымы);
жасқа байланыслы пенсияға шығыўы ушын 5 жылдан көп болмаған ўақыт қалған педагогларға - олардың әмелдеги маманлық категориясы (лаўазымы);
жоқары маманлық категориясына (бас оқытыўшы лаўазымына) ийе болғаннан соң усы категорияны (лаўазымын) 15 жыл даўамында сақлап қалған ҳәм үзликсиз жумыс стажына ийе болған педагогларға - жоқары маманлық категориясы (бас оқытыўшы лаўазымы).
Сондай-ақ, төмендегилер нәзерде тутылмақта:
билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған музыка мәденияты ҳәм дене тәрбиясы пәни педагоглары, пенсия жасындағы педагоглар ҳәм жоқары мағлыўматқа ийе болмаған педагогларды аттестациядан өткериў;
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасында жумыс алып барып атырған маман педагог кадрлар ҳәм алдынғы хызметкерлерди хошаметлеў;
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри қорының жумысын жетилистириў.

