Дәслеп, my.gov.uz порталынан дизимнен өткериледи, яғный пуқаралар my.gov.uz порталына кирип, логин ҳәм пароль жаратып алыўы керек.
Еслетпе: порталда алдын дизимнен өткен пуқаралар логин ҳәм паролларын жазып порталға кириўи мүмкин.
Екинши басқышта, ТАРАЎЛАР бөлиминен СОЦИАЛЛИҚ ҚОРҒАЎ киши бөлимин таўып, сол бөлимге кириледи.
Үшинши басқышта усы бөлим ишинен ПЕНСИЯ ТАЙЫНЛАЎ УШЫН АРЗА БЕРИЎ түймеси басылады.
Төртинши басқышта ХЫЗМЕТТЕН ПАЙДАЛАНЫЎ түймеси басылады.
Бесинши басқышта пуқарадан соралған ЖСПЖИР номери, паспорт сериясы ҳәм номери, жасаў мәнзили (ўәлаят, район, мәҳәлле), телефон номери және ең зәрүр мағлыўмат - ПЕНСИЯ ТҮРИ таңланады ҳәм ЖИБЕРИЎ түймеси басылады.
Мағлыўматлар дурыс ҳәм анық киргизилген жағдайда арза табыслы жибериледи ҳәм жиберилген күннен баслап 10 жумыс күни ишинде көрип шығылады.
Арза көрип шығылғаннан соң, пуқараға пенсия тайынланғанлығы ямаса тайынланыўдан бас тартылғанлығы ҳаққында телефон номерине СМС жибериледи.
Таңланған пенсиядан наразы болған ямаса пенсия тайынланыўы бийкар етилген пуқаралар Пенсия қорының районлық (қалалық) бөлимине мүрәжат етиў ҳуқықына ийе.