Бул процессти my.gov.uz порталы арқалы онлайн әмелге асырыўға болады.
Сондай-ақ, пуқаралар Мәмлекетлик хызметлер орайларына ямаса Пенсия қорының район (қала) лық бөлимлерине тек ғана паспорт ямаса ID карталары менен мүрәжат етиўи жеткиликли.
Еслетпе: Пуқаралар мийнет хызмети ҳаққындағы мағлыўматларды Пенсия қоры мәлимлеме системасында көриниўи ушын ҳәзирден-ақ санластырып барыўы керек.
Онда ислеп атырған пуқаралар бул мағлыўматлардың санластырылғанлығын өз жумыс бериўшилеринен талап етиўи керек.
Ҳәзирги ўақытта жумыс ислемейтуғын пуқаралар болса жасаў аймақлары бойынша Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлимлерине (биржа) мүрәжат етсе, бәнтлик бөлимлериниң хызметкерлери тәрепинен пуқаралардың мийнет хызметлери ҳаққындағы мағлыўматлары бийпул санластырып бериледи.