Өзбекстанда айырым балалар ушын бақша төлеминиң бир бөлеги мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериледи

    Билимлендириў 25 қазан 2025 506

    Өзбекстанда "Кем тәмийинленген шаңарақлар реестри"не киргизилген шаңарақлардың жеке меншик бақшаларда балаларды сақлаў төлеминиң бир бөлеги мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи.

    Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги және Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң қоспа буйрығына муўапық, Шаңарақлық жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етилетуғын балалар ушын ата-аналар төлеминиң бир бөлегин қаплап бериў тәртиби тастыйықланды.

    Тийкарғы қағыйдалар:

    Компенсация берилетуғын балалардың дизими "Жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин басқарыў" мәлимлеме системасы арқалы автоматикалық түрде қәлиплестириледи.

    Компенсация муғдары шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси аймағында 9 саатлық жумыс күнине ийе болған улыўма түрдеги мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ушын белгиленген төлем муғдарының 40 процентин қурайды.

    Компенсация муғдары белгили бир категориядағы шаңарақлардағы балалардың ҳақыйқый санынан келип шығып белгиленеди ҳәм шәртнамада көрсетилген орынлардың 15 процентинен артпайды.

    Белгили бир категориядағы балалардың саны белгиленгенинен артып кеткен жағдайда, дизимди қәлиплестириў төмендеги тәртипте әмелге асырылады:

    1. "Қызыл" категория;

    2. "Сары" категория.

    Компенсация ҳаққындағы мағлыўматлар "Жеке меншик МБлерди басқарыў" системасындағы ата-аналардың жеке кабинети арқалы көрсетиледи.

    Ата-аналарға компенсация тайынланғаны ямаса тоқтатып турылғаны ҳаққында мобил қосымша ҳәм СМС арқалы хабарнама жибериледи.

    Егер шаңарақ "қызыл" ямаса "сары" категориядан "жасыл" категорияға өткерилсе, кейинги 12 ай даўамында компенсация төлеп бериледи.

    Тәртиптиң толық тексти менен силтеме арқалы танысыў мүмкин.