"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 24-октябрь күни ҳаўаның температурасы 25-30 дәреже, арқада 21-26 дәреже ыссы болады.

Дем алыс күнлери температура әсте-ақырын төменлей баслайды: 25-октябрьде - 23-28, 26-октябрьде - 21-26, мәмлекет арқасында - 19-24.

Самалдың тезлиги шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи.

Ташкентте ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.

Ҳаўаның температурасы күндиз: бүгин - 28-30гр жыллы, шемби күни - 25-27гр жыллы, екшемби күни - 24-26гр жыллы. Түнде - 13-15гр жыллы.