Илажда АҚШ ҳүкимети ҳәм қаржы институтларының ўәкиллери - саўда ўәкили Джеймисон Грир, Президенттиң арнаўлы ўәкили Паоло Замполли, Эксимбанк президенти ҳәм баслығы Джон Йованович, Америка-Өзбекстан саўда палатасының баслығы Кэролин Лэмм, сондай-ақ, Traxys, Valmont Industries, Gulf Oil, Aviagen Broiler Breeding Group, John Deere, BlackRock Financial Markets Advisory, Oppenheimer ҳәм басқа да жетекши компаниялардың басшылары қатнасты.
Видеобайланыс арқалы сөйлесиўде Өзбекстан аймақларының басшылары да қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жаңа, әмелий форматта өтип атырған бул ушырасыў бурын өткерилген дөгерек сәўбетиниң логикалық даўамы екенин, экономикалық шериклик стратегиялық исеним ҳәм өз-ара мәпдарлық дәрежесине өтип атырғанын көрсететуғынын атап өтти.
- Бүгин шериклердиң исенимлилиги, қағыйдалардың анықлығы ҳәм бирге ислесиўдиң узақ мүддетли перспективалары биринши орынға шықпақта. Биз Америка Қурама Штатлары менен бирге ислесиўди әйне усы мәнисте қурып атырмыз, - деп атап өтти Президентимиз.
Мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың бир қатар әҳмийетли бағдарлары атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы экономикалық күн тәртиби Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары арасындағы стратегиялық шерикликтиң әҳмийетли тәреплеринен бири екенин атап өтти.
АҚШ пенен биргеликтеги жумыслардың тийкарғы бағдарлары - әҳмийетли шийки зат, нефть-химия, энергетика, аўыл хожалығы, қусшылық ҳәм басқа да тараўлар көрсетип өтилди. Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясы ҳәм АҚШ Эксимбанкиның келисимлерди әмелге асырыўда системалы шериклер сыпатындағы орны артып атырғаны айрықша атап өтилди.
Биргеликтеги Исбилерменлер ҳәм инвестициялар кеңесиниң потенциалын жедел иске қосыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиў шеңберинде Өзбекстан ўәлаятлары басшыларының Америка Қурама Штатларына сапарларын шөлкемлестириў тапсырылды.
Мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында жанылғы қуйыў шақапшалары тармағын қурыў, жаўынлатып суўғарыў технологияларын енгизиў, әҳмийетли пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳәм жеткерип бериў, қусшылық кластерин шөлкемлестириў, агросанаат комплексин, қаржы базарын раўажландырыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылды.