Мәденият орайы аймағында Өзбекстан елшиси Алишер Тўхтаев "Дўстлик белгиси" терегин отырғызды.
Мәресимде Карачи қаласының ири исбилерменлери, экспорт-импорт кәрханасының басшылары, бизнес топар ҳәм туристлик компаниялардың ўәкиллери қатнасты.
Илажда шығып сөйлеген «UzbekPak Cultural Centre» компаниясының басшысы Соҳаил Мотен бул саўда үйи ҳәм мәдений орай еки мәмлекет арасындағы регионаллық байланысты қайта тиклеў, өз-ара саўда көлемлерин және де арттырыў, инвесторлар ушын зәрүр мағлыўматларды усынатуғынын атап өтти.
Өзбекстан елшиси өзиниң шығып сөйлеген сөзинде еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыў, саўда-экономикалық байланыслардағы ҳәзирги пәтти сақлап қалыў ҳәм оны және де жақсылаў, мәдений байланысларды жанландырыў бағдарында мәмлекетимиз басшылығы ҳәм ҳүкимети тәрепинен көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.
"Саўда қатнасықларымыз номенклатурасын жаңа бирликлер менен байытыў, товар айланысын 1 миллиард долларға жеткериў бойынша жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди нәтийжели орынлаўымызға тийкар жаратады", - деди Алишер Тўхтаев.
Сондай-ақ, илажда саўда үйи ҳәм мәдений орай Пакистан ҳәм Өзбекстан, Қубла ҳәм Орайлық Азия арасындағы регионаллық байланысты тереңлестириў, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарда перспективалы жойбарлар ҳәм заманагөй шешимлерди ислеп шығыў, еки миллет арасында үзилип қалған байланысларды қайта тиклеў ушын беккем тийкар болатуғыны атап өтилди.
Саўда үйинде Өзбекстан санаат өнимлери - тоқымашылық тараўының үлгилери, ийирилген жип, жүн ҳәм тери, пластикалық гранулалар, қурғақ мийўелер жайластырылған. Ҳәзирги ўақытта өнимлердиң санын ҳәм түрин көбейтиў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Имаратта орнатылған үлкен экранда Өзбекстанның туризм потенциалына, Самарқанд, Бухара, Хийўа, Ташкент қалаларының туристлик орынлары, мәмлекетимиздиң санаат ҳәм инвестициялық имканиятларына бағышланған видеороликлер көрсетилди, деп хабар береди "Дунё" ХА.