Енди жәрдемге мүтәжлерге мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы жәрдем көрсетиў мүмкин: пайдаланыўшылар социаллық хызметлер ушын электрон ваучер алыўы мүмкин

    Социаллық турмыс 2 қараша 2025 490

    my.gov.uz бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында турақлы тәрбияға мүтәж ересек пуқараларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған жаңа хызмет енгизилди. Енди жәрдемди онлайн тәризде, үйден шықпастан рәсмийлестириў мүмкин.

    "Жедел турмысқа қәдем" бағдарламасы шеңберинде портал пайдаланыўшылары социаллық хызметлер ушын электрон ваучер алыўы мүмкин. Бул аўыр турмыслық жағдайға түсип қалған адамларға социаллық хызметкерлердиң профессионал жәрдеминен пайдаланыў ҳәм мәмлекет тәрепинен зәрүр жәрдем алыў имканиятын береди.

    Ваучерди рәсмийлестириў ушын арза бериўши ямаса оның исенимли ўәкили:

    • my.gov.uz порталына кирип, "Социаллық қорғаў" бөлимин ашың.
    • Сәйкес хызметти таңлаң ҳәм пайдаланыў түймесин басың.
    • Анкетаны турақлы жасаў орны, район, мәҳәлле, сондай-ақ, денсаўлығының жағдайы ҳәм жуқпалы кеселликлердиң бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққындағы мағлыўматларды көрсеткен ҳалда толтырыў.
    • Киргизилген мағлыўматлар тексерилип, арза жибериледи.

    Мүрәжат етиўшиге сегиз жумыс күни даўамында таңланған социаллық хызмет баҳасының бир бөлегин ямаса толық төлеп берилиўин нәзерде тутатуғын электрон ваучер қәлиплестириледи. Ваучер таяр екенлиги ҳаққында пуқара СМС ҳәм my.gov.uz порталындағы жеке кабинети арқалы хабардар етиледи.

    Мүрәжат етиўши бул хабарды алғаннан соң 10 жумыс күни ишинде социаллық хызмет көрсетиўшини таңлаўы керек.

    Ҳәзирги ўақытта ваучер системасы арқалы бес түрдеги социаллық хызметлерден пайдаланыў мүмкин:

    • Үйде социаллық-турмыслық жәрдем;
    • Үйде күтиў;
    • Медициналық-социаллық реабилитация;
    • үндизги стационарда күтиў;
    • Жеке жәрдемши хызмети.

    Әҳмийетлиси, ваучерди рәсмийлестириў ҳәм алыў толық бийпул.

    Бул хызметтиң енгизилиўи социаллық қоллап-қуўатлаўдың қолайлы, заманагөй ҳәм әдил системасын жаратыў жолындағы және бир қәдем болып, онда ҳәр бир жәрдемге мүтәж пуқара артықша бюрократиялық тәртип-қағыйдаларсыз, тез ҳәм ашық-айдын түрде мәмлекеттен жәрдем ала алады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates