1-марттан бундай айдаўшылар ушын:
социаллық салыққа 10% шекем шегирме;
мәмлекетлик шөлкемлердиң, соның ишинде, аэропорт ҳәм вокзаллардың автомобиль туратуғын орынларында 30 минутқа шекем бийпул тоқтаў орынлары;
"Тәбият қорғаўшысы" көкирек белгисин нызамбузыўшылықсыз ҳәм жол-транспорт ҳәдийсесисиз 1 миллион километр жумыс ислегенлерге тапсырыў.
Режеге бола, 2026-жылдың ақырына шекем Өзбекстанда 300 мыңға шамалас таксист электромобиллерде ислейди, бул болса атмосфераның патасланыў дәрежесин 7 процентке азайтыў имканиятын береди.
Өзин-өзи бәнт еткен ямаса исбилермен сыпатында такси хызметин көрсетип атырған электромобиллер ямаса гибрид автомобиллердиң ийелери my.gov.uz арқалы онлайн арза жиберип, тез, әпиўайы ҳәм нәўбетсиз лицензияны рәсмийлестириўи мүмкин.