Бул ҳаққында Ташкент қаласы ИИББ ЖҲҚБ мәлим етти.

Атап өтилиўинше, усы күнлери Ташкент қаласында Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы илажларының өткерилиўи режелестирилген.

Усы ўақыт ишинде пайтахттың орайлық көшелеринде жүк транспорт қуралларының ҳәрекети толық шекленетуғыны себепли, қурылыс объектлеринде аўыр ҳәм жеңил салмақтағы барлық категориядағы жүк тасыўшы транспорт басқарыўшылары тек ғана Ташкент айланба автомобиль жолынан ҳәрекетлениўи мүмкин екенлиги мәлим етилди.

Ўақытша қолайсызлықлар ушын кеширим соралып, айдаўшыларға өз жолларын алдыннан режелестириў усыныс етилди.