Тийисли қарар Министрлер Кабинети тәрепинен 30-июль күни қабыл етилди.

Қарарға бола, 1-сентябрьден баслап юридикалық тәреплер ППХ бөлимлерине шәртнама-ҳуқықый тийкарда хызметлерден пайдаланыў ушын БИМХП ҳәм Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы мүрәжат етиўи мүмкин болады.

ППХ бөлимлери ИИМниң "Электрон патруль" системасы арқалы жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў хызметлерин көрсетиўи мүмкин болады.

Тастыйықланған ҳәкимшилик регламентке бола төмендегилер тәртипке салынады:

халық тығыз жайласқан орынларда жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша ишки ислер уйымлары патруль-пост хызмети бөлимлерине юридикалық шахслар тәрепинен мүрәжат етиў тәртиби;

арзаларды көрип шығыў ҳәм оларды бийкарлаў тийкарлары;

жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў жумысларын шөлкемлестириў тәртиби.

Ҳәкимшилик регламент ғалабалық илажларды, жыйналысларды, митинглер ҳәм көшеде демонстрацияларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге тийисли емес.

Белгиленген түрдеги арза ўәкилликли уйым тәрепинен қабыл етилген күннен баслап 10 жумыс күни ишинде көрип шығылады. Бул процессте ўәкилликли уйым хызметкери арза бериўши менен биргеликте пуқаралар жыйналатуғын орынды көзден өткереди.

Көзден өткериў нәтийжесинде объект аймағының шегаралары, зәрүр хызметкерлердиң саны, хызмет бөлмелери ҳәм постлардың жайласыўы, ҳәрекет бағдарлары, жуўапкершилик аймағы, жумыс режими ҳәм хызметкерлердиң жумыс тәртиби көрсетилген акт дүзиледи ҳәм шәртнама жойбары ислеп шығылады.

Халық көп жыйналатуғын орынларда жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша ППХ бөлимлери тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң тарифлери Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда белгиленген тәртипте белгиленеди.