Атап айтқанда, Зоир Мирзаев америкалы белгили исбилермен, Grand Market International Corporation (GMI) шөлкемлестириўшиси Эдвард Шнайдер ҳәм корпорация ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерди.
Дослық руўхындағы сәўбетте тәреплер өз-ара саўда-экономикалық байланысларды жолға қойыў, Ташкент ўәлаятында ислеп шығарылып атырған таяр азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин Америка базарына алып шығыў перспективалары, халықаралық стандартларға муўапық сертификатлаў, логистика ҳәм экспорт потенциалын раўажландырыў мәселелерин додалады.
Америкалы исбилермен делегация ағзаларына корпорация жумысы, жеткерип бериў системасы, халықаралық саўда тәжирийбеси ҳәм АҚШтағы этникалық азық-аўқат өнимлерине болған талаптың динамикасы ҳаққында ҳәр тәреплеме айтып берди.
Мағлыўмат ушын, GMI (Grand Market International) - дүньяның 20 ға шамалас мәмлекетинен ҳәр қыйлы азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў менен шуғылланатуғын АҚШ тың ири саўда корпорацияларынан бири болып есапланады. Корпорция логистика тармақлары, өндирис объектлери ҳәм бөлистириў орайларын бирлестирген толық интеграцияласқан азық-аўқат экосистемасын жаратты. Оның қурамына АҚШ бойлап 13 NetCost супермаркетлер тармағы, сондай-ақ, GMI, Garden Fresh Produce, Manufacturing, Global Food Alliance ҳәм басқа да ири компаниялар киреди.
Сәўбетлесиў даўамында мийманларға Ташкент ўәлаятында аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты ҳәм қайта ислеў тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар, экспортқа бағдарланған органикалық өнимлердиң көлеми ҳәм сапасы, жаңа ҳәм кептирилген мийўелердиң дүнья базарындағы орны ҳаққында мағлыўмат берилди.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер бирге ислесиў имканиятларын үйрениў ҳәм жақын ўақыт ишинде әмелий биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға кирисиўге келисип алды.