Қарарға муўапық, 2025-жыл пахта зүрәәтин зая етпей, өз ўақтында жыйнап алыўды тәмийинлеў мақсетинде фермер хожалықлары тәрепинен қайта ислеў кәрханаларына, соның ишинде, кластерлерге биржа саўдаларында сатылған ҳәр бир тонна пахта шийки заты ушын 1 миллион сум муғдарында субсидия ажыратылады.
Кластерлер ҳәм тармақ кәрханалары тәрепинен пахта жетистирилген ямаса сатып алынған жағдайда шийки зат баҳасының 10 проценти өз қаржылары есабынан қаплап бериледи.
2025-жыл 1-сентябрьден баслап үш жыл мүддетке:
пахта-тоқымашылық кластерлери, тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты кәрханалары ушын социаллық салық ставкасы 1 процент;
белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша алып кирилетуғын, Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын аралас гезлемелер ҳәм гезлеме, былғары ҳәм жипек санааты ушын зәрүр шийки зат бажыхана бажысынан азат етиледи.
Пахта-тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж кәрханалары тәрепинен шөлкемлестирилген, мийнет шәртнамасы тийкарында мийнет етип атырған хызметкерлердиң саны 200 ден асқан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине мәмлекетлик емес шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ушын белгиленген шәртлерде Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар ажыратылады.









