Сөйлесиўде Өзбекстан парламенти ҳәм Парламентлераралық аўқам арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, келешектеги режелер ҳәм парламентлераралық байланысларды және де беккемлеў мәселелери додаланды. Ташкент декларациясын әмелге асырыў ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпалар бойынша да пикир алысылды.
Ушырасыў даўамында 2026-жыл сентябрь айында Самарқанд қаласында Жас парламентарийлердиң 12-Глобал конференциясын өткериў ҳаққындағы үлги келисимге қол қойылды.
Бул баслама Өзбекстан Президенти тәрепинен алға қойылған болып, жас парламент ағзалары арасында глобал қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған.
Мартин Чунгонг бул келисим Өзбекстан ҳәм Парламентлераралық аўқам арасындағы исенимли ҳәм нәтийжели бирге ислесиўдиң логикалық даўамы екенин атап өтти.









