Патент ҳәм гүўалықларға өзгерис киргизиў процесслери әпиўайыластырылады

    Президент Шавкат Мирзиёев 21-ноябрь күни интеллектуаллық мүлк, архив иси ҳәм юридикалық билимлендириў тараўларын реформалаўға қаратылған усыныслардың презентациясы менен танысты.

    Кейинги жыллары интеллектуаллық мүлк тараўында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Тараўда 51 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилип, Өзбекстан 8 халықаралық шәртнамаға қосылды. Интеллектуаллық мүлк қорғаўы күшейтилип, оған байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жаза қатаңластырылды, жынайый жуўапкершилик белгиленди. Бажыханада “ex officio” тәртиби енгизилип, контрафакт товарларды жоқ етиў тәртиби енгизилди, ҳәр жылы "Контрафактсыз ай" айлығы өткерилмекте.

    Интеллектуаллық мүлк объектлериниң саны 102 мыңнан асты, сырт елде жергиликли ҳәм Өзбекстанға кирген сырт ел брендлериниң қорғалыўы кеңейтилди, Самарқанд наны, Чуст пышақлары, Марғилан адрасы сыяқлы 23 географиялық көрсеткиш дизимнен өткерилди.

    Бул жумыслардың нәтийжесинде мәмлекетимиз Глобал инновациялар индексинде 14 текше жоқарылап, 79-орынға көтерилди.

    Презентацияда тараўды буннан былай да раўажландырыў режелери көрип шығылды. Соның ишинде, Пүткил жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеми менен биргеликте Интеллектуаллық мүлк тараўын раўажландырыў миллий стратегиясын ислеп шығыў нәзерде тутылған.

    Режеге бола, патент ҳәм гүўалықларға өзгерис киргизиў процесслери әпиўайыластырылады, 5 композит ҳәм 4 проактив хызмет көрсетиў жолға қойылады.

    Сондай-ақ, интеллектуаллық мүлктен пайдаланыў жағдайы Исбилерменлик субъектлериниң турақлылық рейтингинде инабатқа алынатуғын тәртип енгизиледи.

    Барлық жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде патентлеў, өндириске киргизиў ҳәм коммерцияластырыўға жәрдемлесиў орайларын ашыў, дәслеп Миллий университетте, кейин ала және 4 жоқары оқыў орнында "Интеллектуаллық мүлк объектлери менеджменти" бағдарын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

    Дөретиўшилер ҳәм қәнигелерди хошаметлеў мақсетинде ҳәр жылы 5 номинация бойынша "Ең жақсы интеллектуаллық мүлк объектлери" таңлаўын өткериў усыныс етилди. "Интеллектуаллық мүлк тараўын раўажландырыўға қосқан үлеси ушын" арнаўлы көкирек белгиси шөлкемлестирилип, 26-апрель - Пүткил жер жүзилик интеллектуаллық мүлк күнинде тапсырып барылатуғыны белгиленди.

    Миллий географиялық көрсеткишлер системасын беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Жетписке шамалас географиялық көрсеткишти дизимнен өткериў, Лиссабон системасына ағза болыў арқалы миллий өнимлердиң баҳасын ҳәм экспорт потенциалын арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Архив жумысын модернизациялаў мәселелери додаланып, бүгинги күнде елимиз архивлеринде 16 миллион ҳүжжет топламы, соның ишинде, 1,3 миллион айрықша баҳалы ҳәм сийрек ушырасатуғын ҳүжжетлер сақланып атырғаны атап өтилди. Бухара әмири қусбегиси мәкемеси ҳәм Хийўа ханлығы дийўанханасының ҳүжжетлери ЮНЕСКОның "Жәҳән естелиги" дизимине киргизилген.

    Соның менен бирге, ҳүжжетлерди санластырыў пәти жылына тек ғана 2 процентти қурамақта. 2030-жылға шекем архив фондының санластырыў дәрежесин 60 процентке жеткериў, айрықша баҳалы ҳәм сийрек ушырасатуғын ҳүжжетлерди толық санластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Буның ушын тараўдағы мәлимлеме системаларын Бирден-бир миллий архив мәлимлеме системасына бирлестириў, ҳүжжетлерди радиочастота идентификациясы (RFID) технологиясы арқалы есапқа алыў ҳәм онлайн бақлаў системасын енгизиў, ҳүжжетлерди классификациялаў ҳәм таныў процесине жасалма интеллект технологияларын енгизиў режелестирилген. Район (қала) архивлериниң ўазыйпалары аймақлық архив басқармаларына өткериледи.

    "Шежире" мәлимлеме системасын жолға қойыў усынысы билдирилди. Жаңа хызмет пайдаланыўшыларға өз шежиресин жаратыў, туўылыў, неке ҳәм өлим ҳаққындағы мағлыўматларды, генетикалық мағлыўматлар тийкарында узақ туўысқанларын излеў имканиятын жаратады.

    Юридикалық тәлим ҳәм илимди буннан былай да реформалаў мәселелери көрип шығылды.

    Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетинде клиникалық ҳәм дуал билимлендириўди енгизиў режелестирилген. Студентлердиң әмелият сабақларының үлеси 50 процентке жеткериледи, пуқаралық, жынаят ҳәм бизнес ҳуқықы бағдарларында юридикалық клиникалар шөлкемлестириледи. Заманагөй ҳуқық талапларынан келип шығып, "Санлы ҳуқық" ҳәм "Корпоратив ҳуқық ҳәм басқарыў" сыяқлы жаңа билимлендириў бағдарлары ашылады.

    Соның менен бирге, "тәлим - изертлеў - әмелият" шынжыры тийкарында факультетлердиң шөлкемлестириўшилик структурасын жаңалаў ҳәм кафедраларды басқышпа-басқыш секторларға айландырыў, университеттиң профессорлар кеңесин шөлкемлестириў усыныс етилди.

    Презентацияда нызамшылықтағы бослықларды сапластырыў ҳәм тәртипке салыў жүгин азайтыўға айрықша итибар қаратылды.

    Бул жумыслар шеңберинде әҳмийети ҳәм актуаллығын жоғалтқан 800 ге шамалас нормативлик ҳүжжетти бийкарлаў, 77 ҳүжжетти қайта көрип шығыў, исбилерменлер ушын 15 тен аслам артықша талапларды қысқартыў арқалы бизнес жүргизиў шараятларын жеңиллетиў режелестирилген. Нызамлардың нәтийжелилигин баҳалаў арқалы коллизион норма ҳәм ҳуқықый бослықлар сапластырып барылады.

    Президентимиз усынылған жаңаланыўларды системалы енгизип, додаланған тараўларда нәтийжелиликти, халық ҳәм исбилерменлер ушын қолайлықларды буннан былай да арттырыў зәрүрлигин атап өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates