Әдиллик министрлиги тәрепинен Орайлық банк пенен биргеликте кредит ҳәм төлем шөлкемлери, төлем системаларының операторлары тәрепинен физикалық тәреплерге аралықтан финанслық хызметлер көрсетиўде мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў, сондай-ақ, фрауд жағдайларының алдын алыў бойынша минимал талаплар ҳаққындағы реже дизимнен өткерилди (дизимнен өткериў саны 3759, 21.01.2026-жыл).
Ҳүжжетке бола, кредит шөлкеми алдаўшылық нәтийжесинде атына кредит рәсмийлестирилген пуқарадан, егер ол сорастырыўшының, тергеўшиниң, прокурордың қарары ямаса судтың шешими тийкарында жәбирлениўши деп табылса, онлайн кредит бойынша процентлерди есаплаў ҳәм өндириўди тоқтатады.
Кредит шөлкеми жеткерилген материаллық зыянды онлайн кредит ажыратыўда алдаўшылық ислеген шахстан регресс тәртибинде өндирип алыўы мүмкин.
Кредит шөлкеми алдаўшылық жағдайына гүман етилген жағдайда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте шағым бериўи мүмкин.
Егер сорастырыў, дәслепки тергеў нәтийжелерине бола ямаса судтың шешими тийкарында алдаўшылық фактиниң жоқ екенлиги анықланса, кредит шөлкеми онлайн кредит бойынша процентлерди есаплаў ҳәм өндириўди қайта тиклейди.