Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз жетекшиси ҳәм Қазақстанның биринши Президенти жақынласып киятырған Жаңа жыл мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, туўысқан мәмлекетлеримиз халықларына тынышлық, турақлылық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени, бирге ислесиўдиң барлық әҳмийетли тараўларында көп қырлы бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.