Өзбекстан Президенти глобал социаллық әдилликти беккемлеў бойынша басламалар менен шықты

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-ноябрь күни Доха қаласында болып өтип атырған социаллық раўажланыў бойынша пүткил жер жүзилик екинши саммитте қатнасты.

    Форум жумысында, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш, Қатар Мәмлекетиниң Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Таний, БМШ Бас Ассамблеясының Баслығы Анналена Бербок, БМШ Экономикалық ҳәм социаллық кеңесиниң баслығы Лок Баҳадур Тхапа, сондай-ақ, мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

    Президентимиз сөзиниң басында форумға жоқары дәрежеде таярлық көрилгени ушын оны шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирип, глобал социаллық раўажланыў ушын әҳмийетли платформа болған саммиттиң усы жерде өткерилип атырғаны үлкен рәмзий мәниге ийе екенин атап өтти.

    Мәмлекетимиз басшысы кейинги жылларда Қатар жәҳән социаллық инклюзивлик ҳәм жедел раўажланыў орайына айланып атырғанын атап өтип, усы мәмлекет халқын ерисилген жетискенликлер менен қызғын қутлықлады.

    Президентимиз бүгинги күнде дүнья жәмийетшилиги ҳәм миллий ҳүкиметлер халықтың социаллық абаданлығын тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў бойынша биргеликте ҳәрекет етип атырғанын атап өтти. Өзбекстан, өз гезегинде, турақлы раўажланыўға ерисиўге қаратылған барлық халықаралық бирге ислесиў форматлары ҳәм басламаларды бәрқулла қоллап-қуўатлайды.

    Кейинги жылларда Жаңа Өзбекстанда кең көлемли социаллық мәмлекет қурылып, онда "Инсан қәдири ушын" принципи беккемленбекте, социаллық әдиллик тәмийинленип, халықтың жәрдемге мүтәж қатламлары нәтийжели қорғалмақта.

    - Кейинги жылларда кәмбағаллықты 35 проценттен 6,6 процентке қысқартыўға еристик. Бул бағдардағы реформаларды даўам еттиремиз, - деди Президент.

    Мәмлекетимиз басшысы глобал социаллық әдиллик ҳәм турақлы раўажланыўды беккемлеўге қаратылған бир қатар усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.

    Кәмбағаллыққа қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    - Раўажланып атырған мәмлекетлердиң социаллық бағдарламаларына ресурсларды тартатуғын кәмбағаллыққа қарсы гүресиўдиң жаңа финанслық архитектурасын жаратыў ўақты келди, деп есаплаймыз, -деди Президент.

    Усы мүнәсибет пенен кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық теңсизликти азайтыўға әмелий жәрдем көрсететуғын Социаллық әдиллик глобаллық қорын шөлкемлестириў усыныс етилди.

    Мәмлекетимиз басшысы бәнтлик мәселелерин нәтийжели шешиў ушын заманагөй механизмлерди енгизиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

    Жоқары технологиялар ҳәм жасалма интеллекттиң жедел раўажланыўы дүнья бойлап миллионлаған жумыс орынларының қысқарыўына себеп болып атырғаны атап өтилди. Бундай шараятта хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық шериклик принциплерин беккемлеўде мәмлекет, бизнес ҳәм жәмийеттиң жедел бирге ислесиўи айрықша әҳмийетке ийе.

    Президентимиз "Социаллық жуўапкершилик ҳәм мүнәсип мийнет глобаллық басламасы"н ислеп шығыў басламасы қоллап-қуўатланатуғынына үмит билдирди.

    Ҳәмме ушын билимлендириў имканиятларын кеңейтиў социаллық машқалаларды шешиўдиң ең нәтийжели жолларынан бири екени атап өтилди.

    Экспертлердиң есап-санақларына бола, саўатсызлықтан көрилетуғын жыллық экономикалық зыян 1,4 триллион АҚШ долларын қурайды. Бул болса жаслардың жәмийетте ҳәм мийнет базарында өз орнын табыўын қыйынластырады, социаллық теңсизликти күшейтеди, деди Президент.

    Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Ашлық ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиў глобаллық альянсының күни кеше болып өткен биринши мәжилисинде қабыл етилген қарарларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

    Альянстың болажақ саммитлеринен бирин Өзбекстанда өткериўди усыныс етип, билимлендириў мәселелерин күн тәртибиниң тийкарғы темасы етип белгиледи.

    Мийнет мигрантлары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын системалы қорғаў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

    Өзбекстан Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм Халықаралық миграция шөлкеми менен биргеликте Ташкентте мигрантлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық ҳәм ҳуқықый қорғаў бойынша халықаралық форум өткериў және бул бағдарда Глобал бағдарламаны қабыл етиўге таяр.

    Президентимиз климат өзгериўиниң социаллық турмысқа тәсири барған сайын күшейип атырғанын атап өтти. Экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселери, шөллениў ҳәм биологиялық көп түрлиликтиң жоқ болып кетиўи, бәринен бурын, халықтың жәрдемге мүтәж қатламлары - фермерлер, мәўсимлик жумысшылар, экологиялық жақтан қолайсыз аймақлар халқының турмысына унамсыз тәсир етпекте.

    Климат өзгериўине қарсы гүресиўди бәнтлик бағдарламалары менен интеграциялаў бойынша комплексли илажлар көриў зәрүр екенлигин атап өтти.

    Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан БМШ тәрепинен экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәрияланған Аралбойы регионын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жаңа моделин иске қосыў нийетинде екенин ҳәм бул тәжирийбени дүнья жәмийетшилиги менен бөлисиўге таяр екенин билдирди.

    Саммитте қабыл етилген қарарлар дүньядағы миллионлаған инсанларға исеним ҳәм үмит бағышлайтуғынына, турақлылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеўге үлкен үлес қосатуғынына исеним билдирилди.

    - Халықаралық раўажланыў жолында жәмийетлик келисимди тиклеў, ҳәр бир инсан ушын мүнәсип турмыс дәрежесин жаратыў тийкарғы ўазыйпамыз, -деди мәмлекетимиз басшысы.

    Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти саммитте қабыл етилген Доҳа сиясий декларациясын толық қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм оның барлық принциплериниң әмелге асырылыўын тәмийинлеўге таяр екенин атап өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates