DFC - АҚШтың раўажланыў бойынша миллий институты болып, раўажланып атырған мәмлекетлерде инфраструктура ҳәм санаат жойбарларын әмелге асырыў ушын жеке капиталды мобилизация етеди.
Ушырасыўда жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлер ҳәм саўда-инвестициялық бирге ислесиў кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Энергетика, әҳмийетли минераллар, қаржы, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм IТ тараўларында ири қоспа басламалар ислеп шығылмақта.
Әмелий шерикликти беккемлеўге айрықша итибар қаратылды. Тийкарғы жойбарларды қаржыландырыў ушын биргеликтеги инвестициялық платформа жаратыўды жеделлестириў, киши бизнести қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Ташкент қаласында корпорацияның регионаллық офисин ашыў бойынша анық қәдемлер көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўда корпорацияның қатнасыўы әҳмийетли екенлигин атап өтти.









