Экологиялық турақлылық, қысқа таярлық ҳәм өрт қәўипсизлиги мәселелери додаланды

    Сиясат 2 желтоқсан 2025 778

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәжилис болып өтти.

    Мәжилисте экологиялық жағдайдың турақлылығын тәмийинлеў, соның ишинде, шығындыларды қайта ислеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды, қыс мәўсимине таярлық бойынша жуўапкерлердиң есабаты тыңланды.

    Дәслеп Ташкент қаласында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша арнаўлы комиссияның есабаты тыңланды. Ҳаўаның патасланыўына қарсы гүресиў, патасландырыў дәреклерин анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар додаланды.

    Атап өтилгениндей, соңғы күнлерде мәмлекетимиз аймағында суўық антициклон тәсири күшеймекте. Нәтийжеде атмосфера басымы көтериледи, температура төменлейди ҳәм инверсия қубылыслары күшейеди. Бундай шараятта майда бөлекшелер жоқарыға көтерилмейди ҳәм ҳаўаның төменги қатламларында топланады. Метеорологиялық шараятлар себепли атмосфераның тәбийғый тазаланыўы төменлеп атырғаны атап өтилди.

    Ҳаўаны патасландырыўшы дәреклерди анықлаў ҳәм олардың жумысын шеклеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, ыссыхана хожалықлары, қурылыс майданлары, автотранспорт қураллары ҳәм нызамсыз жумыс алып барылып атырған объектлер тексерилип, көшелерди ығалландырыў, салмаларды тазалаў, фонтанларды иске қосыў сыяқлы турақластырыў илажлары әмелге асырылды. Рейдлер ҳәм профилактикалық илажлар күшейтилген тәртипте даўам етпекте.

    Президентимиз бул илажларды тек ғана пайтахтта емес, ал аймақларда да даўам еттириў, анықланған нызамбузыўшылықларды жедел сапластырыў, ҳаўа сапасына тәсир етиўши барлық факторларды қатаң қадағалаўға алыў бойынша тапсырмалар берди.

    Турмыслық шығындылардан электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша 6 аймақта - Әндижан, Наманган, Ферғана, Самарқанд, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында 933 миллион долларлық жойбарлар басланған болса да, басқа аймақларда бул бағдарда сезилерли өзгерис жоқ. Басланған жойбарларда инвесторларды инфраструктура - жол, электр, суў менен тәмийинлеў жумыслары талап дәрежесинде шөлкемлестирилмеген.

    Ўәлаят ҳәкимликлери ҳәм Миллий экология комитетине бар кемшиликлерди сапластырып, қалған аймақларда да келеси жылы усындай жойбарларды иске қосыў ўазыйпасы қойылды.

    2030-жылға шекем қатты турмыслық шығынды полигонларын 50 процентке қысқартыў режелестирилген. Кейинги жыллары 47 полигонның жумысы тоқтатылып, рекультивация жумыслары әмелге асырылды, нәтийжеде 243 гектар жер тәбиятқа қайтарылды.

    Бирақ ҳәзирги 132 полигонның көпшилигинде елеге шекем қорғаныў қорғаўлары, "жасыл белбеўлер", суў тәмийнаты системалары ҳәм экологиялық қәўипсизлик объектлери жоқ.

    - Бул қоршаған орталыққа унамсыз тәсир етип, халықтың наразылығына себеп болмақта. Соның ушын қатты турмыслық шығындылар полигонларын экологиялық қәўипсиз аймаққа айландырыў зәрүр. Бәринен бурын, адамларды бул тараўдан разы етиўимиз керек. Бул темаға тек ғана шығындыны басқарыў емес, ал санаат, энергетика ҳәм экологиялық мәденият пенен тығыз байланыслы бағдар сыпатында қараў керек, - деп атап өтти Президент.

    Жуўапкер басшыларға қайта тикленген 47 полигонның жерлерин хожалық айланысына киргизиў, "жасыл аймақлар" жаратыў, жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берилди. Барлық полигонлар әтирапында "жасыл белбеў" қәлиплестирилип, объектлердиң ярымын бәҳәрде, екинши ярымына гүзде терек ҳәм нәл егиў жумыслары жуўмақланыўы керек.

    2026-жылдан баслап бул жумысларға бюджеттен ҳәр жылы кеминде 150 миллиард сум ажыратылады.

    Соңғы еки жылда бурын қайта исленбеген санаат ҳәм қәўипли шығындыларды қайта ислеў дәрежеси 4,5 процентке жеткерилди. Бул көрсеткиш жетерли емеслиги атап өтилди. Санаат ҳәм қәўипли шығындылар пайда болатуғын ҳәм сақланатуғын орынларды хатлаўдан өткерип, оларды қайта ислеў ҳәм утилизациялаў бойынша кеминде биреўден жойбар енгизиў ўазыйпасы қойылды. Қәўипли шығындыларды қадағалаў бойынша бирден-бир мәлимлеме-мониторинг платформасын жаратыў бойынша да тапсырма берилди.

    Мәжилисте халықты жеңиллетилген шәртлерде суйылтырылған газ бенен тәмийинлеўде кемшиликлер сақланып қалып атырғаны, талан-таражлық жағдайлары анықланып атырғаны атап өтилди. "Аймақгазтәмийнат" системасына бундай жағдайларды сапластырып, ҳәр бир район кесиминде ислеў, халықтың машқалаларын шешиў бойынша тапсырма берилди. Ескирген электр тармақлары ҳәм артықша жүклеме менен ислейтуғын трансформаторларды хатлаўдан өткерип, турақлы ислеўин тәмийинлеў бойынша тапсырма берилди.

    1800 километр электр тармақларында оңлаў жумыслары сапасыз орынланғаны анықланды. Бас прокуратураға бул жағдайларды үйренип, нызам үстинлигин тәмийинлеў, "Энергоинспекция"ға қадағалаў жумысын жаңаша көзқараслар тийкарында қайта қурыў ҳәм айрықша жағдайда ислеўге өтиў бойынша тапсырмалар берилди.

    Қыс мәўсиминде энергия ресурсларын халыққа үзликсиз жеткерип бериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Өрт қәўипсизлиги мәселелерине айрықша тоқтап өтилди.

    Елимиз бойынша 44 мыңнан аслам көп қабатлы турақ жайларда өрт қәўипсизлиги жағдайын толық үйрениў, айрықша жағдайларда ҳәрекетлениў системасы жүз бериўи мүмкин болған қәўип-қәтерлерге таяр болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Нызамшылыққа имаратлардың сыртқы дийўалларына тез жанатуғын материаллардан пайдаланыўды қадаған ететуғын қатаң талапларды киргизиў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен көп қабатлы турақ жайларда қурылыс нормалары ҳәм өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын халықаралық әмелиятқа бейимлестириў, жуўапкерлердиң жуўапкершилигин күшейтиў бойынша нызам жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.

    Коммуналлық хызметлердиң жумысын муўапықластырыў, айрықша жағдайларда оператив ҳәрекет етиў системасын жетилистириў мәселелери додаланды. Өткен мәўсимдеги тәжирийбе тийкарында республикамыз бойынша районлар кесиминде жумысшы топарларды қәлиплестирип, барлық коммуналлық хызметлер ҳәм басқарыў сервис компанияларын айрықша жағдайлар министрлигиниң диспетчерлик системасына интеграциялаў, үйме-үй профилактикалық жумысларды күшейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates