Бостан мәҳәллеси быйылғы жылы абат болды. Барлық көп қабатлы турақ жайлар оңланып, мәҳәлле орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Президентимиз дәслеп бул жерде мәҳәлле белсендилери, нуранийлер ҳәм жаслар менен пикирлести. Ушырасыўда төменги буўындағы машқалаларды шешиў, мәҳәллелерди абат етиў, халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған реформалардың нәтийжелери Сырдәрья ўәлаятында да өз көринисин таўып атырғаны атап өтилди.
- Мәҳәлле - жәмийеттиң жүзи. Мәмлекеттеги барлық өзгерислер, бәринен бурын, усы жерде көринеди. Бурын аўыр деп есапланған көплеген мәселелердиң шешими бүгин мәҳәллениң өзинде болатуғын система жараттық. Биз бул институтты буннан былай да беккемлеймиз, - деди Президент.
Ыссылық тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 18 миллиард сум қаржы есабынан заманагөй қазанхана қурылып, 3,3 километр ыссылық тармақлары тартылған.
Көп қабатлы турақ жайларда 23 жеке ыссылық пунктлери орнатылып, жабық ыссылық системасы шөлкемлестирилди. Жергиликли бюджет қаржылары есабынан 800 квартиралы 20 көп қабатлы турақ жайдың ишки ысытыў системалары тикленди. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси орайласқан ыссылық ҳәм ыссы суў тәмийнаты менен тәмийинленген.
Қурылған жаңа қазанхана 144 мың киловатт саат электр энергиясы ҳәм 627 мың куб метр тәбийғый газди үнемлеў имканиятын береди.
Президентимиз көп қабатлы турақ жайларда жасаў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған жумысларды даўам еттириў, қазанханаларды қурыў ҳәм эксплуатациялаўда заманагөй технологиялардан пайдаланыў, маман қәнигелерди тартыў бойынша зәрүр көрсетпелер берди.
Бул жерде "мәҳәлле жетилиги" ҳәм нураныйлар менен сөйлесип, мәҳәлле ҳәм аймақ турмысындағы өзгерислер ҳаққында сөйлести.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Сырдәрья ўәлаятының инфраструктурасын раўажландырыўға байланыслы қарары тийкарында ўәлаятта 215 көп қабатлы турақ жайдың мәнзилли дизими қәлиплестирилди. Бул бағдарлама шеңберинде турақ жайлардың төбесин ҳәм фасадын оңлаў, ыссылық тәмийнаты, инженерлик коммуникацияларды жақсылаў, аймақты абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.











