баннер
23 Apr 2025
17:52

    Өзбекстан Республикасы Президенти әмелий сапар менен Россия Федерациясында болады

    Ҳүкимет 24 Dekabr 2024 2774

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола 25-26-декабрь күнлери болып өтетуғын ҒМДА ҳәм ЖЕЭК саммитлеринде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Санкт-Петербург қаласында болады.

    Мәмлекетимиз жетекшиси Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы мәмлекет басшыларының рәсмий емес ушырасыўы ҳәм Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде бақлаўшы статусында қатнасады.

    Саммитлердиң күн тәртибинен усы көп тәреплеме бирлеспелер шеңбериндеги өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери орын алған. Биргеликте исленген жумыслардың тийкарғы жуўмақлары шығарылады ҳәм келеси жылғы әмелий бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша пикир алысылады.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech