Мәмлекетимиз басшысы кәрхананы кең көлемде модернизациялаў нәтийжелери, жаңа жоқары технологиялық бөлимлердиң жумысы менен танысты.

Завод негизинде ҒМДА ҳәм регионымызда бирден-бир «Airbus» маркалы вертолётларға хызмет көрсетиў орайы шөлкемлестирилди.

Орай Францияның «Airbus» компаниясының рәсмий сертификатлаўынан өтип, өндирис жумысын шөлкемлестириўдиң жоқары дәрежесин, сондай-ақ, халықаралық стандартлар ҳәм ислеп шығарыўшының белгиленген талапларына муўапықлығын тастыйықлады. Бул жерде заманагөй батыс авиатехника үлгилери, соның ишинде, Н-125, Н-215, Н-130 маркалы вертолётларға техникалық хызмет көрсетиў ҳәм оңлаўдың толық цикли жолға қойылған.

Орай Өзбекстанға «Airbus» вертолётларына хызмет көрсетиў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша әҳмийетли регионаллық хабқа айланыў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы орайдың имканиятлары менен танысты, қәнигелер менен сәўбетлести.

Усы жерде Президентимизге Су-25 әскерий самолётларын ири оңлаў ҳәм терең модернизациялаў бойынша жаңаланған завод цехларының жумысы таныстырылды. Кәрханада алдынғы технологиялардың енгизилиўи нәтийжесинде техникалар заманагөй навигация системалары, түнги көриў үскенелери ҳәм борттағы өзин-өзи қорғаў комплекслери менен тәмийинленбекте.

Сапар етиўдиң жуўмағында Президентимиз мәмлекетимиздиң қорғаныў-санаат комплекси потенциалын буннан былай да беккемлеў бойынша ўазыйпалар белгилеп берди.