Түркменстан Президенти мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанда болады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов 16-17-ноябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.

    Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң күн тәртибинен Өзбекстан - Түркменстан стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў, көп қырлы бирге ислесиўди, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық, транспорт, суў-энергетика ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда кеңейтиў мәселелери орын алған.

    Сапар етиў шеңберинде мәмлекет басшылары "Шават-Дашогуз" шегараалды саўда зонасын иске қосыў мәресиминде қатнасады.

    Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысады.

    Саммит жуўмағында Биргеликтеги билдириўди қабыл етиў ҳәм еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойыў режелестирилген.

    Түркменстан Президенти Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында да қатнасады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates