Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Товар алмасыўдың өсиў пәтин сақлап қалыў, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперацияны, соның ишинде, энергетикада қоспа жойбарларды әмелге асырыў, аймақлардың исбилерменлик бирге ислесиўин ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.
Усы жыл 22-октябрь күни Москва ўәлаятында болып өткен Өзбекстан ҳәм Россия Аймақлар кеңесиниң екинши мәжилисиниң пайдалы нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
3-декабрь күни болып өтетуғын Өзбекстан - Россия Ҳүкиметлераралық комиссиясының гезектеги мәжилиси ҳәм биргеликтеги бизнес форумын нәтийжели өткериў әҳмийетли екени атап өтилди.
Тәреплер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин додалады.








