Өзбекстан менен Финляндия арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм гуманитарлық тараўларда және де беккемлеў перспективалары ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Ҳәр қыйлы дәрежелердеги сиясий сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жедел раўажланып атырғаны, бизнеске байланыслы шериклик жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өз-ара саўда көлеми избе-из артып, экономикалық ҳәм исбилерменлик байланыслары беккемленбекте. Мәмлекетимизде Финляндия менен биргеликте Халықаралық Нордик университети табыслы жумыс алып бармақта, мектеп билимлендириўи тараўындағы бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Бүгин болып өткен Өзбекстан - Финляндия бизнес форумының жуўмағында улыўма баҳасы 1 миллиард евродан аслам перспективалы биргеликтеги жойбарлар портфели қәлиплестирилди.
Сөйлесиўлерде товар алмасыўды есесине арттырыў, соның ишинде, өз-ара өним жеткерип бериўди хошаметлеў ушын Саўданы қаржыландырыў қоспа қорын шөлкемлестириў имканиятлары да көрип шығылды.
Өзбекстан аўыл хожалығы ҳәм тоқымашылық өнимлерин Европа Аўқамы базарларына алып шығыў ушын сертификатлаў лабораторияларын ашыў басламалары қоллап-қуўатланды.
Геология ҳәм әҳмийетли материаллар, энергетика, агросанаат, санластырыў, жасалма интеллект, экология, туризм ҳәм басқа да әҳмийетли тармақларда кооперацияны кеңейтиўге тийкарғы әҳмийет қаратылды.
2026-жылы Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин өткериў ҳәм Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилди. Аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиўден еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.
Билимлендириў, медицина ҳәм мийнет миграциясы тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери де көрип шығылды. Келеси жылы биринши Ректорлар ҳәм инновациялар форумын өткериў режелестирилген.
Президентлер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысты.









