Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелерин додалады

    Сиясат 14 қазан 2025 2468

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-октябрь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

    Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў көзқарасынан буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

    Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң тийкарғы көрсеткишлериниң өсиў пәтин сақлап қалыў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақлары дәрежесиндеги кооперациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.

    Гуманитарлық бирге ислесиў, бәринен бурын, мәденият, көркем өнер ҳәм билимлендириў тараўларында, соның ишинде, инженер кадрларды таярлаў бағдарында кеңейип баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.


    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates