Өткен жылы Президент Дональд Трамп пенен болып өткен сөйлесиўлер Америка бизнеси менен саўда-инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўге күшли пәт бағышлағаны атап өтилди.

Тийкарғы жойбарларды системалы алға қойыў ушын Исбилерменлер кеңесиниң жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм Инвестициялық платформаны иске қосыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Эксимбанк пенен бирге ислесиў бағдарлары белгилеп алынды. Бул жерде ири санаат ҳәм инфраструктура жойбарларын қаржыландырыўды кеңейтиў, жоқары технологиялық үскенелерди жеткерип бериўди қоллап-қуўатлаў ҳаққында сөз болмақта.

DFC басшылары менен сөйлесиўде инвестициялық бирге ислесиў механизмлерин беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди. Корпорцияның ири миллий ҳәм регионаллық жойбарларда қатнасыў, финанс базары ҳәм энергетиканы раўажландырыў бағдарындағы режелери қоллап-қуўатланды.

Өзбекстан Президенти Америка тәрепин Ташкент халықаралық инвестициялық форумында қатнасыўға мирәт етти.

Ушырасыў соңында мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында сапар шеңберинде қол қойылған Өзбекстан ҳәм АҚШ арасында инвестициялық платформа жаратыў ҳаққындағы келисим алмасылды.