Өзбекстан Президенти Қытай менен көп қырлы шерикликти беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти

    Сиясат 5 желтоқсан 2025 606

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халықаралық коммуникация орайының баслығы Лонг Юйсянды қабыллады.

    Жаңа дәўирде Өзбекстан - Қытай ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.

    Орайдың мәмлекетимиздиң Қытай менен көп қырлы бирге ислесиўин беккемлеўге қосып атырған үлкен үлеси атап өтилди.

    Биргеликте инфраструктураны раўажландырыў, инвестициялар ҳәм "жасыл" санаат тараўларында бир қатар жойбарлар әмелге асырылды. Геология ҳәм аўыл хожалығы тараўларында баҳасы 1 миллиард доллардан аслам жойбарлар ислеп шығылмақта.

    Билимлендириў, илим, мәденият ҳәм туризм тараўларында жедел алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

    1984-жылы шөлкемлестирилген орай дүньяның 160 тан аслам мәмлекетлери менен мәдений, илимий ҳәм билимлендириў байланысларын орнатқан. 3 халықаралық офиси бар.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates