Жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Мәмлекетимизде ҳәм регионымызда шөллениў ҳәм жерлердиң деградациясына қарсы гүресиў тараўында БМШтың бул абырайлы структурасы менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
БМШ ўәкили Өзбекстан басшысының форумдағы шығып сөйлеген сөзин жоқары баҳалап, ықлым қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў бойынша алға қойылған басламалардың әҳмийетлилигин ҳәм Орайлық Азияның "жасыл" раўажланыў концепциясы өз ўақтында усынылғанын атап өтти.
Өткен жылы август айында БМШ Бас Ассамблеясы Өзбекстан тәрепинен алға қойылған тоғайларды тиклеў бойынша резолюцияны бир аўыздан мақуллағаны, сондай-ақ, жерлер деградациясының алдын алыў бойынша миллий мақсетлерди ислеп шығыў басланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Ташкент қаласындағы "Жасыл" университет тийкарында Жерлер деградациясы ҳәм шөллениўге қарсы гүресиў бойынша халықаралық илимий тармақты шөлкемлестириўге Конвенция экспертлериниң тартылатуғыны белгиленди.