"Citigroup" банк, инвестиция ҳәм қаржы хызметлерин көрсетиўге қәнигелескен. Оның базар капиталласыўы 100 миллиард АҚШ долларынан асламды қурайды, компания улыўма баҳасы 2,3 триллион АҚШ долларынан аслам болған активлерди басқарады.
Ушырасыўда корпорация менен бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
"Citigroup" жәрдеминде Өзбекстан банклери ҳәм мәмлекетлик кәрханалардың облигациялары халықаралық фонд базарларында табыслы жайластырылды. Ташкентте компанияның офиси ашылды.
Ири мәмлекетлик кәрханалар бойынша IРО келисимлерин таярлаў ҳәм дүзиў, еврооблигациялар шығарыў, мәмлекеттиң рейтингин арттырыўды тәмийинлеў ушын мәсләҳәт жәрдемин көрсетиў, сондай-ақ, финанслық шешимлерди ислеп шығыў ҳәм саўданы қаржыландырыўдың жаңа механизмлерин иске қосыў бағдарында бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Корпорация менен өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиў бойынша "жол картасы"н қабыл етиўге келисип алынды.