"Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў бойынша кеңесгөй жумысының тийкарғы бағдарлары додаланды.

Ҳаял-қызлардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў, улыўма билимлендириў мәкемелериниң потенциалын раўажландырыў, инвесторлар менен стратегиялық байланысларды жолға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Экономикалық реформалар, мәмлекетлик басқарыў, билимлендириў ҳәм стратегиялық режелестириў тараўларында алдынғы сырт ел тәжирийбесин избе-из енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиздиң инвестициялық потенциалын халықаралық майданда және де үгит-нәсиятлаў мәселесине де тоқтап өтилди.