Мәмлекетти регионаллық IT-хабқа айландырыў "Өзбекстан -
2030" стратегиясының тийкарғы мақсетлеринен бири сыпатында белгиленген.
Оны әмелге асырыў ушын мәмлекетлик басқарыў ҳәм экономика тармақларын
санластырыў, заманагөй телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў,
мәлимлеме технологиялары тараўында бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў,
инновациялық экосистеманы кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Кейинги жылларда жаратылған қолайлы шараятлар нәтийжесинде мәмлекетимизде
IT-компаниялардың саны, жоқары дәраматлы жумыс орынлары, санлы хызметлер экспортының
көлеми избе-из артып бармақта.
Бул процессте заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе жас қәнигелерди таярлаў
айрықша әҳмийетке ийе.
“Cyber University” мәмлекетлик
университети Президенттиң 2025-жыл 20-январьдағы қарарына муўапық Санлы
технологиялар министрлиги жанындағы бийғәрез жоқары билимлендириў мәкемеси
сыпатында шөлкемлестирилди.
Университетте
мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик, жасалма интеллект ҳәм робототехника,
киберҳуқық, санлы криминалистика ҳәм киберэкономика тараўлары ушын халықаралық
талапларға жуўап беретуғын қәнигелер таярланады.
Бүгинги күнде
университетте 2 факультет ҳәм 4 кафедра жумыс алып бармақта. Бул жерде 8
бакалавриат ҳәм 2 магистратура бағдарында 1 мыңға шамалас студент билим
алмақта.
Университетте 1
мың 585 орынлық оқыў имараты, 805 орынлық студентлер турақ жайы, заманагөй
спорт комплекслери, асхана, мәлимлеме-ресурс орайы бар.
Мәмлекетимиз
басшысы университетте жаратылған шараятларды көзден өткерди. Жоқары оқыў орны
студентлери менен қызғын сәўбет болды.
- Келешекте
сизлердей қәнигелерге талап және де артады. Ҳәр бир тармақ ҳәм аймақ санлы
технологиялар менен тең раўажланбаса, мәмлекет раўажлана алмайды. Соның ушын
бәрқулла өз үстинде ислеўиңиз, ең заманагөй билимлерди ийелеўиңиз керек, - деп
атап өтти Президент.
Университет
жәмәәти Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде өткерилип атырған
киберқәўипсизлик бойынша халықаралық жарыслар ҳәм хакатонларда табыслы қатнасып
келмекте. Экологиялық турақлылық принциплери тийкарында қәлиплестирилген
университетке "Жасыл кампус" статусы берилди.
Буннан соң
Президент Шавкат Мирзиёев университетке тутас аймақта қурылатуғын Келешек
технологиялары орайының қурылысына тырнақ тасын қойыў мәресиминде қатнасты.
Мәмлекетимиз
басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде уллы бабамыз Муҳаммед Хорезмий тийкар
салған алгоритмлер бүгинги күнде глобаллық экономиканың тийкары, адамлардың
күнделикли турмысының ажыралмас бөлегине айланғанын атап өтти.
Заманагөй дүньяда
бәсеки жыллар ҳәм айлар менен емес, ал минутлар ҳәм секундлар менен
өлшенетуғыны атап өтилди. Санлы трансформацияны кешиктиретуғын, жасалма
интеллект технологияларын өзлестирмейтуғын, инновацияларға инвестиция
киргизбейтуғын мәмлекетлер дүнья раўажланыўынан артта қалады.
- Турмысымыздың
барлық тараўларын санластырыўға шын кеўилден кирискенше раўажланып болмайды.
Бәршемиз терең аңлаўымыз керек, буларсыз келешегимиз жоқ, - деди Президент.
Кейинги жылларда
Өзбекстанның мәлимлеме технологиялары тараўындағы жетискенликлери халықаралық
жәмийетшилик тәрепинен кеңнен тән алынбақта. Усы жылы венчур инвестициялардың
көлеми 5 есеге көбейип, бул көрсеткиштиң өсиў пәтлери бойынша мәмлекетимиз дүньяда
биринши орынға шықты.
Өзбекстанның
миллий стартап экосистемасының көлеми дерлик 4,5 миллиард долларға жетти.
Инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде сыйлық қоры 5 миллион доллар
болған Президентлик стартаплар таңлаўына старт берилди.
Буннан тысқары,
Өзбекстан Жәҳән жасалма интеллект бирге ислесиў шөлкеминиң шөлкемлестириўши
мәмлекетлеринен бирине айланды ҳәм бул тараўдағы глобал күн тәртибин
қәлиплестириўде қатнасып атырған мәмлекетлер қатарынан орын алды.
Улыўма майданы 36
гектар болған орайдың қурылысына дерлик 500 миллион доллар инвестиция
тартылады. Ол билимлендириў, илимий изертлеўлер, технологиялық сынақлар ҳәм
өндирис процесслерин өзинде жәмлеген бирден-бир инновациялық экосистемаға
айланады.
Нурафшан қаласы
бийкарға таңланбаған. Бул жердеги “Cyber University” университетинде
киберқәўипсизлик ҳәм мәлимлемени қорғаў бойынша мыңға шамалас қәниге
таярланады. Енди университет әтирапында пүткил мәмлекетке үлги болатуғын бир
пүтин инновациялық кластер қәлиплеседи.
Орайда
киберқәўипсизлик, жасалма интеллект, бултлы технологиялар ҳәм криптография
бағдарлары бойынша 6 заманагөй лаборатория шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары,
жасалма интеллект дата-орайы ҳәм инженерлик кластери, қорғалған компьютерлер,
мағлыўматлар узатыў үскенелери ҳәм жоқары технологиялық токенлер ислеп шығарыў
орайы шөлкемлестириледи. Ушыўшысыз ушыў аппаратлары ҳәм робототехниканы
сынақтан өткериў ушын арнаўлы полигон шөлкемлестирилмекте.
Азия раўажланыў
банки жәрдеминде жергиликли технологияларды коммерцияластырыў ҳәм миллий
өнимлерди халықаралық базарларға алып шығыў платформасы жаратылады. Жойбарларды
турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде 5 мегаваттлы қуўатлықлар
қурылады.
Орайға дүньяның
жетекши компаниялары, университетлери ҳәм илимпазларын тартыў, студентлер ҳәм
хызметкерлер ушын заманагөй социаллық, мәдений-турмыслық инфраструктура жаратыў
нәзерде тутылған.
Ең әҳмийетлиси,
бул инновациялық экосистемада 5 мыңнан аслам жоқары маманлықтағы жумыс орны
жаратылады. Орай Ташкент ўәлаятының санлы экономикасын раўажландырыў ҳәм
аймақтың инновациялық потенциалын буннан былай да беккемлеўде күшли стимул
болады.
Атап
өтилгениндей, усы жылы Ташкент ўәлаятында санлы хызметлер экспортын 50 миллион
долларға жеткериў күтилмекте. Сондай-ақ, бар потенциалды және де кеңейтиў
мақсетинде Нурафшан ҳәм Шыршық қалаларында заманагөй IТ-парк имаратларының
қурылысына старт берилди.
- Узақ мүддетли
келешекти гөзлеп әмелге асырылып атырған артқа қайтпайтуғын реформаларымыз Жаңа
Өзбекстан дөретиўшилери болған жасларымыздың келешеги ушын беккем тырнақ
болады. "Санлы Өзбекстан" келешек әўладлар ушын мүнәсип мийрасымыз
болады, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Бул жерди Ташкент
ўәлаятының жасалма интеллект ҳәм санластырыў орайына, жаслар өз билими,
қәбилети ҳәм талантын толық көрсететуғын заманагөй комплекске айландырыў
тийкарғы мақсет екени атап өтилди.
Келешек
технологиялары орайында әмелге асырылатуғын илимий қолланбалар, технологиялық
шешимлер ҳәм ойлап табыўлар мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын
және де арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ,
мәресимде Россия, Қытай ҳәм Германия компанияларының қатнасыўында әмелге
асырылатуғын улыўма баҳасы 465 миллион долларлық 9 жаңа жойбардың қурылысына
старт берилди.
Жаңа
қуўатлықлардың иске қосылыўы нәтийжесинде және 5 мың жумыс орны жаратылады,
халықтың заманагөй социаллық хызметлерден пайдаланыў имканияты кеңееди.
Сөзиниң
жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев сырт елли шериклер, қәнигелер ҳәм
қурылысшыларға табыслар тиледи.