Президентимиз Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы көп қырлы қатнасықларды кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти

    Сиясат 7 сәуір 2025 1770

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Парламентлераралық аўқам Ассамблеясының 150-сессиясы шеңберинде Әзербайжан Республикасы Миллий Мәжилиси Баслығы Соҳиба Гафарованы қабыллады.

    Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман Өзбекстан жетекшисине Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Экономикалық бирге ислесиў жылы шеңберинде биргеликте нәтийжели жумыслардың әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта, экономиканың түрли тармақларында кооперация жойбарлары жедел басқышқа кирген. Мәдений-гуманитарлық илажлар турақлы өткерилип келинбекте.

    Ерисилген келисимлердиң орынланыўын қадағалаў ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги саммитлер ушын жаңа усыныслар ислеп шығыў мақсетинде парламентлер арасында тығыз әмелий бирге ислесиўди ҳәм жедел алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates