Пәрманға бола, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, басқа да шөлкемлерде орынлаў тәртибин шөлкемлестириўдиң тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленди:
Нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм тапсырмаларының орынланыўын қадағалаўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў;
аймақларда реформалардың нәтийжелилигин үйрениў ҳәм орынлаў тәртибин беккемлеў жумысларын сапалы шөлкемлестириў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде атқарыўды шөлкемлестириўде биринши басшылардың жуўапкершилигин арттырыў;
атқарыў тәртибин қадағалаў процесслерине жасалма интеллект технологияларын енгизиў.
Пәрман менен, Есап палатасына қосымша ўазыйпалар жүкленди, атап айтқанда:
Нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм тапсырмалары шеңберинде ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўын үйрениў менен бирге олардың халық ҳәм исбилерменлер ушын нәтийжелилигин таллаў;
атқарыў тәртибин беккемлеўге, лаўазымлы шахслардың жеке жуўапкершилигин арттырыўға, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алып барылып атырған реформалардың нәтийжелерине ерисиўге қаратылған комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўы бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў.
2025-жыл 1-сентябрьден баслап Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының қысқартылатуғын штат бирликлери есабынан Есап палатасына қосымша 10 басқарыў штат бирлиги ажыратылады.
