Жалпы мәжилистиң күн тәртибинен "Жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер ҳаққында"ғы, "Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында"ғы, "Баспа жумысы ҳаққында"ғы нызамлар орын алған.

Сондай-ақ, ЖСШға ағза болыў процесслериниң және де жеделлестирилиўи, кредиторлардың гиреў тәмийнатына болған талапларын қанаатландырыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўге байланыслы бир қатар нызамларды көрип шығыў режелестирилмекте.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте "Айырым нызам ҳүжжетлерине транспорт хызметин шөлкемлестириў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам көрип шығылады.

Жалпы мәжилисте сенаторлар парламентлик қадағалаў тараўына байланыслы бир қатар мәселелерди де көрип шығады.

Атап айтқанда, Бас прокурордың прокуратура уйымларының 2024-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты ҳәм Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы миллий баянаты көрип шығылады.

Сондай-ақ, сенаторлар Самарқанд ўәлаятының айырым аймақларының шегараларын өзгертиў мәселесин де додалайды.

Сондай-ақ, студентлер арасында жынаятшылықтың алдын алыў, оқыўшыларды сапалы сабақлықлар менен тәмийинлеў бойынша парламентлик сораўлар жибериў мәселелери көрип шығылады.

Жалпы мәжилис шеңберинде аўыл хожалығын раўажландырыў, илимий-изертлеў институтларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм тараўға илим жетискенликлерин енгизиў бойынша парламентлик сораў нәтийжелерин додалаў режелестирилген.

Сенаторлар тәрепинен Жоқарғы судтың қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылады.