Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Бухара, Наўайы ўәлаятларында азырақ жаўын жаўады. Ташкент ўәлаятында кешке шекем айырым жерлерде бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, арқа ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем, айырым жерлерде 20-22 м/с қа шекем күшейиўи күтиледи.
"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, пайтахтымызда кешке қарай азмаз жаўын жаўыўы, азанда думан түсиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 3-8м/с. Ҳаўаның температурасы 12-14гр жыллы.
Таўлы аймақларда ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар) жаўып, думан түсиўи мүмкин. Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларының таўлы аймақларында қар көшиў қәўпи бар. Самалдың тезлиги 7-12 м/с.