Прокуратура системасын толық санластырыў ҳәм барлық тараўлар үстинен "санлы қадағалаў" орнатыў зәрүр екенлиги атап өтилди

    Президент Шавкат Мирзиёев 29-июль күни турмыслық коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў илажлары бойынша презентация менен танысты.

    Бул жүдә әҳмийетли, көпшилик халыққа тийисли мәселе. Себеби коррупция жағдайларының 75 проценти қала ҳәм районларда турмыслық формада болмақта.

    Соның ушын 5-март күни Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилисинде бул иллетке шек қойыў ўазыйпасы қойылған еди. Усы мақсетте, Президенттиң 21-апрельдеги пәрманы менен, Бас прокуратурада коррупция факторларын таллаў бөлими шөлкемлестирилди. Аймақларға турақлы шығып, бундай факторлар үйренип барылмақта.

    Прокуратура системасындағы Ҳуқықты қорғаў академиясы ҳәм илимий-изертлеў орайында 200 ден аслам қәниге илим ҳәм таллаў менен шуғылланбақта. Улыўма, ҳуқық қорғаў уйымларында 100 мыңнан аслам хызметкер коррупцияның алдын алыў бойынша ислемекте.

    Бирақ көп жағдайларда бул иллеттиң себеплери шетте қалып, ақыбети менен гүресилмекте. Коррупцияға жол қоймаўшы превентивлик илажлар еле жетерли емес. Ҳәр күни адамлардың жумысы түсетуғын ҳәкимлик, кадастр, банк ҳәм салық уйымларында бюрократия, "коррупциялық тесиклер" толық жоқ болғаны жоқ.

    Презентацияда бул бағдардағы қосымша илажлар додаланды.

    Елимизде 43 қадағалаў уйымы бар. Барлық министрликлерде комплаенс қадағалаў бөлимлери шөлкемлестирилген. Бәринен бурын, олардың нәтийжелилигин арттырыў ўазыйпасы қойылды. Министрликлер ҳәм уйымлар жанындағы инспекциялардың бул бағдардағы жумысына да сын көзқарастан мүнәсибет билдирилди.

    Президентимиз коррупцияның тек азайғаны емес, қаншаларының алдын алынғанына қарап, мәмлекетлик уйымлардың жумысына баҳа бериў керек екенлигин атап өтти.

    Жер ажыратыў бойынша ашық-айдын система енгизилген. Бирақ, орынларда бул бағдарда нызамсыз ҳәрекетлер елеге шекем ушырасып атыр. Сол себепли кадастр, "Өзбеккосмос", қурылыс ҳәм басқа да тийисли шөлкемлердиң мағлыўматларын таллап, бундай жағдайларға пүткиллей шек қойыў шәрт екенлиги көрсетип өтилди.

    Прокуратура системасын толық санластырыў ҳәм барлық тараўлар үстинен "санлы қадағалаў" орнатыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилисинде парламенттиң жуўапкер комитетлерине мәҳәллеге түсип, коррупциялық жағдайлардың келип шығыў себеплерин үйрениў, мәмлекетлик сатып алыўларда тиккелей шәртнамаларды азайтыў, жаслар арасында коррупцияға маўасасызлық орталығын қәлиплестириў сыяқлы әҳмийетли мәселелерде усыныслар берилди.

    Презентацияда оған жуўапкерлер орынланған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates