Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ана тили – бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, нешше әсирлер даўамында өзиниң қәдир-қымбатын жойтпай, биз әўладларға шекем жетип келген бийбаҳа ғәзийне болып табылады. Ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин, ҳəр бир елдиң раўажланыў басқышларын ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша саналады.
Сонлықтан, ҳәр бир өсип киятырған әўлад ана тилин қәстерлеўи, оның келешек әўладқа сап ҳалында жетип барыўын тәмийинлеўи керек. Соңғы жыллары елимизде ана тилимизди сақлаўға, оны және де байытыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Әлбетте, булардың барлығы ана тилимизге болған жоқары итибар ҳәм ғамхорлықтың әмелдеги көриниси болып табылады.
Өткерилген байрам салтанатында ана тилимизе ҳүрмет көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар кең түрде сөз етилди. Байрам илажы көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.