Әсиресе, мәлимлеме түрлери жеделлик пенен жаңаланып атырған ҳәзирги дәўирде баспасөздиң жуўапкершилиги ҳәм ўақыяға креатив қатнас жасаў өлшемлери ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Усы мәниде, Қаршы мәмлекетлик университетинде "Янги Ўзбeкистон" ҳәм "Правда Востока" газеталары күнлери шеңберинде өткерилген ушырасыў ҳәм "Жаңа Өзбекстан әрманы" китабының презентациясы "рәсмий илаж" айланбасынан шығып, зыялылар, педагоглар ҳәм студент-жасларды бир жерге жәмлеген платформаға айланды. Мәмлекетимиздеги жаңаланыў процесслерин аңлаў, оның мәнисин жеткериў жуўапкершилигин және бир мәрте күн тәртибине қойды.

Илажда "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталары редакциясының бас редакторы Салим Дониёров, бас редактор орынбасары Абу Бакир Ўрозов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, профессор Абдураҳим Эркаев, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Фарҳод Кушаков, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ниң Қашқадәрья ўәлаятындағы регионаллық ўәкили Лола Саодатова, Қарши техника университетиниң проректоры, филология илимлериниң докторы Аброр Муртазаев, дөретиўшилер ҳәм институт профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Шығып сөйлегенлер миллий медиа мәканымызда "Янги Ўзбeкистон" ҳәм "Правда Востока" газеталарының орны ҳәм әҳмийети ҳаққында сөз етти. Әсиресе, редакцияның заманагөй талапларды толық үйренип, өзлестирип жумыс алып баратуғыны атап өтилди. Соның ишинде, газеталардағы мақалаларды редакцияның рәсмий веб-сайты, социаллық тармақлардағы бетлери арқалы да оқыў имканияты бар. Бул жаслар арасында да бүгинги сиясий-социаллық ўақыялар ҳаққындағы аналитикалық мақалалар менен танысып барыў имканиятын береди.

- Баспа басылымлар бир неше он жыллар даўамында өзине тарийхый жүкленген әҳмийетли ўазыйпаны жәмийетлик-сиясий, экономикалық, мәдений-ағартыўшылық ҳәм илимий турмысқа байланыслы әҳмийетли мәлимлемени ҳәр қыйлы публицистикалық формаларда оперативлик пенен кең жәмийетшиликке жеткерип, усы жол менен оқыўшыларда турмыслық ҳақыйқатлықларға белгили бир қатнас ҳәм көзқарас пайда болыўына, сиясий, экономикалық, әдеп-икрамлылық идея ҳәм исенимлердиң қәлиплесиўине тәсир көрсетип, жәмийетлик пикирдиң жемиси ҳәм көрсеткиши болып келди, - дейди Аброр Муртазаев. - Тек ғана хабар қуралы емес, ал белгили бир дәўирдиң ўақыя-ҳәдийселерин, жаңалықларын, раўажланыў шынжырын өз бетлеринде мөрлейтуғын ең әҳмийетли тарийхый дәрек ўазыйпасын да атқарады. "Янги Ўзбeкистон" газетасы алдында мәмлекеттеги сиясий, экономикалық ҳәм социаллық реформаларды кеңнен сәўлелендириў, мәмлекетлик сиясат ҳәм оның нәтийжелерин халыққа түсиникли түрде жеткериў, жәмийеттеги әҳмийетли мәселелерди көтериў ҳәм додалаў майданын жаратыў сыяқлы бир қатар мақсетлер бар. Басылым тек ғана рәсмий мәлимлеме тарқатыў емес, ал аналитикалық журналистикани раўажландырыўды да өзине ўазыйпа етип қойған.

Илаж шеңберинде "Жаңа Өзбекстан әрманы" китабының презентациясы қатнасыўшыларда айрықша қызығыўшылық оятты. Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Салим Дониёров авторлығындағы бул шығарма мәмлекетимиз басып өтип атырған абырайлы трансформация жолын, халықтың арзыў-нийетлери әмелий нәтийжелерге қалайынша өтип атырғанын публицистикалық таллаўлар тийкарында ашып береди. Баянатшылар китапта алға қойылған жуўмақлар жас әўладта пуқаралық позициясын беккемлеў ҳәм мәмлекеттеги процесслерге тийислилик сезимин күшейтиўде әҳмийетли дәрек болатуғынын атап өтти.

- Илаж шеңберинде усынылған "Жаңа Өзбекстан әрманы" китабы әйне дәўир өзгерислерин, мәмлекетлик сиясаттың мәнисин халыққа жақынластырыў мақсетинде жазылған. Онда ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезимлери өз көринисин тапқан, - дейди Абдураҳим Эркаев. - Газетаның мақсети де сондай. Улыўма, газетадағы материаллар заманагөй журналистиканың барлық жанр ҳәм бағдарларында, алдынғы технологияларды жедел қолланған ҳалда сәўлелендирилип атырғаны оның тартымлылығы, оқыўға қолайлылығын және де арттырмақта. "Янги Ўзбeкистон" газетасындағы ишки ҳәм сыртқы сиясат, экономика, санаат, аўыл хожалығы, санлы технологиялар, билимлендириў, илим ҳәм инновациялар, көркем өнер ҳәм мәденият, әдебият, халықаралық турмысқа байланыслы рәңбәрең материаллар тема, мазмун, география, көзқарас жағынан бийтәкирар. Бул болса усы басылым қурамында үлкен тәжирийбеге ийе болған, татыў, пикирлес, өз-ара аўызбиршиликли, тилеклес дөретиўшилик жәмәәт қәлиплескенинен дәрек береди.

Қызғын руўхта өткен ушырасыў даўамында жаслар арасында викторина өткерилди. Белсенди қатнасып, сораўларға дурыс жуўап бергенлер естелик саўғалары менен сыйлықланды.