Тезлик ушын жәрийма қолланыўда дизимге алынған тезликтен 10 км/саат шегирме қылыў мүмкин

    15 наурыз 2025 874

    Нызамшылық палатасына Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерис киргизиў ҳаққындағы нызам жойбары киргизилди.

    Бул нызам жойбары Министрлер Кабинети тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында киргизилди, деп хабар береди Нызамшылық палатасының баспасөз хызмети.

    Атап өтилиўинше, нызам жойбары менен тезлик пенен байланыслы қағыйдабузарлықлар бойынша радар ҳәм спидометрлер көрсеткишлериниң қәтеликлеринен келип шығып, дизимге алынған тезликтен 10 км/саат шегирилген ҳалда ҳәкимшилик жаза қолланылыўы нәзерде тутылмақта.

    Бүгинги күнде әмелиятта тезликти өлшейтуғын арнаўлы үскенелер ҳәм транспорт қуралларының спидометрлери көрсеткишлериндеги жол қойылыўы мүмкин болған жәми қәтеликлер есапқа алынып, олар атап өткен тезликтен саатына 5 километр шегирилген ҳалда, ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылып келинбекте.

    Мәселен, ҳәрекетлениў тезлиги 60 км/саат белгиленген аймақта радар тәрепинен 69 км/саат тезлик пенен ҳәрекетленген деп табылған айдаўшыға итималлы қәтелик пенен 64 км/саат (-5 км/саат) тезлик ушын жәрийма қолланылады.

    Белгиленген қағыйдалар бундай жағдайлардың алдын алыўға, пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаўға хызмет етеди.

    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates